Шыпа
Ертедеги Шіркеўде емлеў қәбилети айқын көринип турған (1 Кор. 12:9,28,30), ҳәм адамлар Петр, Стефан, Филип, Паўыл ҳәм Варнаваның әтирапына жыйналғанда, наўқаслар емленген. Ҳәтте олар Петрдиң көлеңкесине ҳәм Паўылдың орамалына ямаса алжабышқа тийгенде де, олар емленген.