Шәкиртлердиң айырымлары тәжирийбели балықшылар еди. Олар балық тутыўға ҳәрекет еткенде, бул ишки теңизде көп даўылларға дус келген еди. Бул жердеги турмысымыздың ҳәм келетуғын даўыллардың сүўрети. Ийгиликли Ийе оларға екинши тәрепке өтиўди буйырған еди, ал Өзи дуўа етиў ушын таўға кеткен еди.
Забурлар Ийемиз Ийсаның жерде болған ўақтында жүрегинде не болғанын айтады. Олар Оның қаншалық азап шеккенин көрсетеди, тек ғана крестте емес, бәлки Оның пүткил, таза өмири даўамында. Тек ғана Ийемиз биздиң азап-қайғыларымыздың тереңлигин ҳәм көлемин биледи, гәрше олар Оның азап-қайғылары менен салыстырылмайды
Юсуп ҳәм Мәриям Ийсаның олар менен бирге жолда екенин билмеди. Олар Оны үш күн даўамында қорқыныш пенен изледи, ақыры Оны Қуддус ибадатханасынан тапты. Ийсаның биз бенен бирге екенин қабыл етиў мүмкин, бирақ Олсыз қалыў да мүмкин. Биз Оның менен байланысты үзип қалатуғын ўақытлар болмай ма?
Белгисиз адамды таныстырыў әҳмийетли. Егер адам белгили болса, оның ата-бабалары, билими, бирлеспелери, саяхатлары ҳәм жетискенликлери ҳаққында узақ өмирбаяны бериледи. Таныстырыў тыңлаўшылардың қызықлы мағлыўматларды дыққат пенен тыңлап, таң қалыўы ушын әҳмийетли.
Бетаниялық Марта, әдетте, сиңлиси Мәриям менен салыстырғанда, бир түрли кирең болып көринеди. Ол тек Ғана Ийеге хызмет етти – ҳәм бул наразылық пенен – ал Мәриям Ийсаның аяқларына отырып, Оның сөзин тыңлады. Бирақ Мартаға екинши рет қарайық.
Машқалалар сизди Голиат сыяқлы басып алыўына жол қоймаң. Қорқыўларыңызды Қудайға таслаўды, шайтанға қарсы турыўды ҳәм исеним менен қыйыншылықларыңызды жеңиўди үйрениң.