Илаҳий басшылық
Екинши нызам тийкарынан Мусаның Исраилге айтқан сөзи болып, онда ол олардың тарийхын садықлық пенен қайта көрип шығады. Ол сол тарийхта тек ғана Қудайдың олардың итаатлылық әмеллерин мақуллағанын ҳәм исенимсизлик ҳәм итаатсызлықты мақулламағанын ғана емес, соны менен бирге Қудайдың басқарыў жолларындағы таңқаларлық ырысқысын, сабырлығын ҳәм даналығын да көрсетеди.