Бул төрт аят бир толық гәп екенин аңлаўыңыз мүмкин. Еврейлерге хаттың 10-бабының алдынғы бөлимлеринде жазыўшы Мәсихтиң қурбанлығының үстинлигин көрсеткен еди. Бул жерде ол Ийе Ийса Өзин қурбан етиў арқалы гүнаны жоқ етиў ушын келгенде, жақынласыў ҳәм табыныў жолын ашқанын көрсетеди. Сиз ҳәм мен енди мухаддес Қудайға мақтаў ҳәм табыныўға толы жүреклер менен жақынласа аламыз!
Жақынласыў имканияты ҳақыйқатында да таң қаларлық болса да, бул жерде тек ғана буған итибар қаратылмайды: бул "жаңа ҳәм тири жол" арқалы. "Тири" сөзи Ийемиздиң қайта тирилиўине силтеме етеди, ҳәм бул "жаңа ҳәм тири жол" ибарасы пүткил яҳудий жақынласыў ҳәм табыныў системасына қарама-қарсы келеди. Биз Қудайдың алдына қайта тирилген Қутқарыўшының тамамланған иси арқалы киремиз! Бизге 19-аятта бул Ийсаның қаны арқалы екени айтылған. Оның қаны арқалы биз Қудайдың алдында тазаланамыз ҳәм енди табыныўшылар сыпатында кире аламыз (Евр. 9:14; 10:10, 14–17). Енди мухаддеслиги қанаатландырылған Қудайдың алдында, бизде Қудай Үйи үстинен Бас Руўханий бар. Биз парданың ишине табыныўшы сыпатында кириўге шақырыламыз!
Бүгин басқа исенимлилер менен жыйналыўға жүрегиңизди таярлап атырғанда, Қудайдың алдына кириў имканиятын ойланың, жүрегиңизди мақтаўға ийиң, ҳәм табыныў кесеңиз толып тассын!