Ҳәмме тынышлықты жақсы көреди, бирақ Инжил тынышлық орнатылады дейди. Ол өзинен-өзи болмайды. Гүна киргеннен бери, тәбият ҳәм қатнасықлардың тенденциясы тынышлыққа емес, ал талас ҳәм бөлиниўге қарай. Ең үлкен дәлил сонда, Мәсих биз Қудай менен қатнасыққа ийе болыўымыздан алдын “Өзиниң крест қаны арқалы” тынышлық орнатыўы керек еди (Кол. 1:20). Оның өлими мәсихшилер арасындағы тынышлықтың да тийкары болып табылады. Ефесликлерге 2:14 үйреткендей, ҳәтте яҳудийлер ҳәм басқа халықлар арасындағы бөлиниў де жойылған, “себеби Ол Өзи биздиң тынышлығымыз, Ол екеўин де бир етти” – ҳәм, сол тийкарда, мүминлер арасындағы ҳәр бир тәбийий бөлиниў жеңилген.
Бирақ Хожа Ийса тынышлық орнатыў ушын дүньяға, келиспеўшиликлерге толы жерге кириўи керек еди. Бул таңқаларлық ҳақыйқат, бирақ ол соны да көрсетеди, бүгинги күнде мүминлер арасында тынышлық орнататуғынлар да келиспеўшилик атмосферасына кириўи керек болады. Бул аңсат емес. Егер тынышлық жоқ болса, жағдайлар кескинлик, гүман, айыплаў, ашыў, талас, сын, исенимсизлик, ғайбат ҳәм наразылық пенен белгиленеди. Бизлердиң арамызда ким бундай нәрселер менен қоршалыўды еркин таңлайды? Бирақ соған қарамастан, гейбир адамлар бул ўазыйпаны өз мойнына алыўы керек, яки әдалат жемиси ҳеш қашан гүллемейди. Тек ғана мәсихшилерден әдалатлы ҳәрекетти талап ететуғынлар оны ҳеш қашан көрмейди. Әдалат жемиси тек ғана тынышлыққа егилгенде өседи.
Нақыллар 15:18 айтады, гейбир адамлар тыныш бөлмеге кирип, машқала туўдырыўы мүмкин: “Ашыўлы адам талас туўдырады.” Бирақ басқалар, сол аят айтады, урысқа кирип, тынышлық алып келиўи мүмкин. Егер биз Қудай бизди белгили бир келиспеўшиликте тынышлық орнатыўға еле жабдырмаған деп сезсек, ҳеш болмағанда машқала туўдыратуғынлардан болмайық! Ҳәм Қудай Өзиниң көп адамларына даналық берсин, олар Мәсих сыяқлы, тынышлық орнатыўдың қурбанлық жумысына өзлерин бағышлайды.




