18 Jasıl jaylawda otlaǵanıńız az bolǵanday, jegenińizden qalǵanın basqılap atırsız! Taza suwdan ishkenińiz jetkilikli emestey, ishkenińizden qalǵanın ayaǵıńız benen ılaytıp atırsız! 19 Meniń qoylarım sizlerdiń basqılap taslaǵan shóplerińizdi jep, ayaqlarıńız benen ılaytıp taslaǵan suwlarıńızdı ishiwi kerek pe?
20 Sonlıqtan Quday Iye bılay deydi: Semiz qoy menen arıq qoy arasında Men Ózim qazılıq qılaman. 21 Hálsiz qoylardı quwıp shıǵarmaǵansha, sizler olardı jambasıńız hám iynińiz benen iyterip, shaqıńız benen dúktińiz. 22 Men qoylarımdı qutqaraman, olar endi talanbaydı. Jáne de, qoy menen qoydıń arasında qazılıq qılaman.
20 Sonlıqtan Quday Iye bılay deydi: Semiz qoy menen arıq qoy arasında Men Ózim qazılıq qılaman. 21 Hálsiz qoylardı quwıp shıǵarmaǵansha, sizler olardı jambasıńız hám iynińiz benen iyterip, shaqıńız benen dúktińiz. 22 Men qoylarımdı qutqaraman, olar endi talanbaydı. Jáne de, qoy menen qoydıń arasında qazılıq qılaman. 23 Olardıń ústinen baǵatuǵın bir shopandı, qulım Dawıttı qoyaman. Dawıt olardı baǵadı hám olardıń shopanı boladı.
Ezekiel 34:18–22 · Ezekiel 34:20–23 · QrqMK22
Езекиел 34-те, Қудай биринши нәўбетте Исраил шопанларына мүрәжат етип, оларды Өзиниң қойларына жаман мәмле жасағаны, оларды өзиниң мүлкиндей пайдаланғаны ушын айыплайды.
Ол жоқарыдағы аятларда қошқарлар ҳәм ешкилердиң еркеклерин Қудайдың қойында басшылық ушын таласқаны, урысқаны ушын сөгет. Өкинишке орай, бул аятлар тек ғана ески Исраилге тийисли емес; бүгинги күнде мәсихшилердиң шіркеўлеринде яки жыйынларында да уқсас урыслар жийи болып турады. Басшы болғысы келетуғынлар Керемет Шопан олар ушын тәминлеген жасыл жайлаўлар ҳәм тыныш суўлардан ләззетлениўге қанаатланбайды. Олардың өзара урысыўы арқалы олар булжақсы нәрселерди қойдың қалған бөлегиндеги әлсиз, көбинесе жас адамлар ушын бузады. Олар өз бәсекелеслери менен үстемлик ушын гүресип атырғанда, әлбетте, Керемет Шопан менен бәнт емес. Әлсизлер де утылады, себеби татлы жасыл жайлаўлар жыртылып, тыныш суўлар лайланады. Олар қатты руўхый түсип қалады, олардың мүтәжликлери қанаатландырылмайды, ҳәм олар кетип қалады!
Ақыр-ақыбет, Қудай араласыўы керек: “Солай дейди Хожа Қудай оларға: ‘Мине, Мен Өзим семиз ҳәм арық қойлар арасында ҳүким етемен… Мен Өзимниң қойымды қутқараман, ҳәм олар енди жыртқышқа жем болмайды… Мен олардың үстинен бир Шопанды орнатаман, ҳәм Ол оларды бағады’” (20–23-аятлар). Келиң, өзимиз арамызда урыспай, Оған ерейик!