Мухаддес Жазыў бойына биздиң уллы Аллах тәкаббырлықты жек көретуғынын ҳәм оны қатты жазалайтуғынын көрсетеди. Буған мысаллар:
1 Тимутейге 3:6 да тәкаббырлық шайтанның айыпланыўы деп аталады. Ишая 14:12–17 ҳәм Езекиел 28:12–19, Тир патшасына қаратылған болса да, ҳақыйқатында бизге Аллахтың жаратқан мақлуқатларының ең жоқарысы болған Люцифердиң тәкаббырлық арқалы қалай Шайтанға, Аллахтың душпанына айланғанын көрсетеди. Гөззал, дана, күшли, имтиязлы ҳәм өзине исенген ол, өзиниң “Мен ислеймен” деген сөзлери менен Аллахқа қарсы шықты. Аллах оған ҳүким шығарды, булҳүкимАян 20:10 да әли орынланатуғыны көрсетилген. От ҳәм гүкирт көли, Рабби Ийса бизге айтқандай, шайтан ҳәм оның периштелери ушын жаратылған (Мат. 25:41).
Жаратылыў 11-бапта, Топан суўдан кейин, Аллахтың көбейип, жерди толтырыў ҳаққындағы буйрығына бойсыныў орнына, адамлар бир қала ҳәм аспанға жететуғын мунара қурыўға қарар етти. Олар шашылып кетпеў ушын өзлерине ат шығармақшы болды. Аллах олардың не ислеп атырғанын көрди ҳәм олардың тилин араластырып, олардың бирге ислесиўин бузды ҳәм оларды жер жүзине шашып жиберди.
Аллах пайғамбар Обадияға Исрайылдың тәкаббыр, қаҳарлы Едом душпанларына, Есаўдың әўладларына Өзиниң ҳүкимин жәриялаўды буйырды: “Жүрегиңиздиң тәкаббырлығы сизди алдады… кимдиң жасаў орны бийик; сиз жүрегиңизде: ‘Мени жерге ким түсире алады?’ дейсиз. Сиз бүркит сыяқлы бийикке көтерилсеңиз де, ҳәм уяңызды жулдызлар арасына қойсаңыз да, Мен сизди сол жерден түсиремен” (Обад. 1:3–4). Едомның қатты тастан ойып салынған, алынбас астанасы Села әсирлер бойы жасырын қалды. Ҳәзир Петра деп аталады, ол туристлик орын.