Мухаддес Китап дослық ҳаққында сөйлеп, мысал ҳәм үлги арқалы қанаатландырарлы қатнасықларды қалай раўажландырыў мүмкинлигин үйретеди. Ҳақыйқый дос – исенимли ҳәм сизди ҳеш қашан таслап кетпейтуғын адам. Дослықта исеним қәўипсизликти пайда етеди. Бул болса, өз гезегинде, қанаатланыўға алып келеди. Бирақ бундай дослықлардан қалай ләззетлениў мүмкин?
Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: «Сен ҳәм бул халықтыӊ ҳәммеси, Иордан дәрьясынан өтип, Мен оларға беретуғын жерге кириўге таярланыңлар» (Ешуа 1:3). Бул олардың қәлеген жеринде жүриўге шақырыў емес еди, сондай-ақ дүньяға үстемлик етиў ушын имканият та емес еди.
Забурлар Ийемиз Ийсаның жерде болған ўақтында жүрегинде не болғанын айтады. Олар Оның қаншалық азап шеккенин көрсетеди, тек ғана крестте емес, бәлки Оның пүткил, таза өмири даўамында. Тек ғана Ийемиз биздиң азап-қайғыларымыздың тереңлигин ҳәм көлемин биледи, гәрше олар Оның азап-қайғылары менен салыстырылмайды