Qudaydıń sheksiz muhabbatınan teselli tabıń. Eger Ol Óz Ulına siz ushın bergen bolsa, Ol barlıq zárúrliklerińizdi hám bereketlerińizdi álbette támiyinleydi.
Шәкиртлердиң айырымлары тәжирийбели балықшылар еди. Олар балық тутыўға ҳәрекет еткенде, бул ишки теңизде көп даўылларға дус келген еди. Бул жердеги турмысымыздың ҳәм келетуғын даўыллардың сүўрети. Ийгиликли Ийе оларға екинши тәрепке өтиўди буйырған еди, ал Өзи дуўа етиў ушын таўға кеткен еди.
Забурлар Ийемиз Ийсаның жерде болған ўақтында жүрегинде не болғанын айтады. Олар Оның қаншалық азап шеккенин көрсетеди, тек ғана крестте емес, бәлки Оның пүткил, таза өмири даўамында. Тек ғана Ийемиз биздиң азап-қайғыларымыздың тереңлигин ҳәм көлемин биледи, гәрше олар Оның азап-қайғылары менен салыстырылмайды
Қайғы – бул биз ушын әҳмийетли болған ҳәр қандай адамның, заттың яки қәлеген имканияттың жоғалыўына нормал реакция. Қайғы – бул қатты қайғырыў, азап, өкиниў ҳәм муңланыў сезими. Қайғырыў – бул қатты қайғырыў ҳәм азап сезими, ҳәм ҳеш нәрсе бурынғыдай болмайды.