Ески жаратылыста адам өлимге тийисли. Сонлықтан, адам жасаўды баслаған сол ўақыттың өзинде-ақ өле баслаған деп айтылған. Салмақлы факт! Адам өлимнен қашып қутыла алмайды. Ески жаратылыста адам ийе болған бирде-бир нәрсе жоқ, оны өлимниң аяўсыз қолы оның қолынан жулқып алмайтуғын. Өлим оннан ҳәмме нәрсени алады, оның денесин топыраққа айналдырады ҳәм жанын ҳүкимге жибереди. Үйлер, жерлер, байлық ҳәм абырай, даңқ ҳәм тәсир, ҳәммеси соңғы қорқынышлы душпан жақынласқанда кетеди. Әлемниң байлығы, егер ол адамның ийелигинде болса да, бир минутлық дем алыўды сатып ала алмас еди. Өлим адамды ҳәмме нәрседен айырады ҳәм оны ҳүкимге алып кетеди. Патша ҳәм қайыршы, ақсүйек ҳәм дийқан, билимли философ ҳәм надан масқарапаз ҳәммеси бирдей. Өлим ески жаратылыс шеңбериндеги ҳәмме нәрсени ийелеп алады.
Бирақ жаңа жаратылыста өлим адамға тийисли. Мәсихши ийе болған бирде-бир нәрсе жоқ, оны өлимге қарыздар болмаған. Ол өмирге, кеширимге, ҳақлыққа, тынышлыққа, қабыл етилиўге, даңққа ийе, ҳәммеси өлим арқалы, Мәсихтиң өлими арқалы. Өлимниң пүткил көриниси өзгерди. Шайтан енди оны исениўшиниң жанына гүнаға қарсы Қудайдың ҳүкими сыпатында алып келе алмайды.
Бирақ өлимниң күшине ийе болған шайтан жоқ етилди. Биздиң Ийемиз Мәсих оның күшин оннан жулқып алды, ҳәм Ол енди Өзиниң қудиретли қолында өлим ҳәм гөрдиң гилтлерин услап турыпты. Өлим өз шақпағын жоғалтты, гөр өз жеңисин жоғалтты. Сонлықтан, егер өлим исениўшиге келсе, ол басшы сыпатында емес, ал хызметши сыпатында келеди. Ол полиция хызметкери сыпатында жанды мәңгилик түрмеге сүйреп апарыў ушын емес, ал қапастың есигин ашып, руўхты аспандағы өз туўылған үйине ушып кетиўине имканият бериў ушын дос қолы сыпатында келеди.


