Христиан үмити Инжилдиң ҳақыйқатларында қәўипсизликти табады, инсан жүрегиниң сезимлеринде емес. Қудай Сөзи бизге куткарылыўымыздың биз қутқарылыў ушын ислеген ҳеш нәрсеге яки қутқарылыўда қалыў ушын ислеўимиз керек болған ҳеш нәрсеге тийкарланбағанын түсиниўге жәрдем береди. Христиан үмити Қудай Улының крестте тамамлаған исиниң тийкарында қурылған!
Куткарылыў — Қудайдың саўғасы (Рим. 6:23; Ефес. 2:8), Қудайға қайтып, исенгенлер ушын (Юҳ. 3:16; Рим. 10:8–10). Куткарылыў сорағанлардың ҳәммесине ўәде етилген (Юҳ. 6:37), бул оны усынған Ийеге толық исенимге ийе болыўға алып келеди (Тит. 1:2). Қудай Сөзиниң беккем тийкары үстине, бизде Мухаддес Рухтың мөриниң қәўипсизлиги бар. Бул мөр бизге ҳәтте “қутқарылғандай сезинбесек те” исеним береди.
Гүманлар яки руўхый түсиўлер келгенде, үмит Мухаддес Рухтың ўәдесине жабысады. Биз 2 Коринфлилер 1:21–22 де оқыймыз: “Бизди сизлер менен бирге Мәсихте беккемлеген ҳәм майлаған Қудай, бизди мөрлеген ҳәм жүреклеримизге Рухты кепил сыпатында берген”. Қудай Рухы биздиң үмитимиздиң кепили. Бул исенимли адамның жүрегин толтыратуғын әжайып үмит, биз сүйимли Атаның қолында қәўипсизбиз, Улдың, Ийе Ийса Мәсихтиң тамамлаған исинде қәўипсизбиз ҳәм Мухаддес Рух тәрепинен мөрленгенбиз, Ол биздиң руўхымыз бенен бирге Қудайдың уллары екенимизге гүўалық береди. Биз “Қудайдың күши менен исеним арқалы соңғы ўақытта ашылатуғын қутқарылыў ушын сақланғанбыз” (1 Пет. 1:5).




