Көп жыллар даўамында ҳәм дүньяның бирнеше жерлеринде көп адамлар муқаддесликте жасаўға тырысты. Гейбиреўлер өзлери жасап атырған жәмийеттен шығып, өзлерин жалғызлап, ҳәтте шөлге узақ кетти. Бир сондай «әўлие» бийик бағананың үстинде жасаўға қарар етти, күнделикли мүтәжликлери ушын басқаларға сүйенди. Басқа гейбиреўлер үңгирлерде яки алашықларда жасаў ушын көшип кетти. Кейин, монастырда жасаў жақсы шешим деп ойланды. Бирақ, Қудайдың барлық исениўшилер, еркек ҳәм ҳаял, жас ҳәм кәри ушын режеси — олар қай жерде болмасын, Оған берилип жасаўы. Ҳәр бир мәсихши Муқаддес Руўхтың қадағалаўы астында жасаўы керек: руўх, жан ҳәм тән. Барлық исениўшилер өз «тәнлерин тири қурбанлық, муқаддес, Қудайға мақул, бул сиздиң ақылға уғрас хызметиңиз» (Рим. 12:1) етип усыныўға шақырылады. Жас яки кәри болсын, барлығы да өз тәнлерин Қудайдың даңқы ушын, Оған саўға яки қурбанлық сыпатында, Муқаддес Руўхтың күшинде ҳәм жеке исеним арқалы усыныўға үгитленеди.
Усылай жасаў ҳәм Қудайымызды разы етиў ушын, биз «жарықта» жүриўимиз керек. Өзимизди Қудайдың жарығында көрип, өзимизди ҳүким етемиз, өз еркимизди ҳәм тәнниң қумсаўларын бир шетке қоямыз. Муқаддесликтиң бундай өмири өзин-өзи қадағалаўды, Жаратқан Ийемизге толық берилиўди аңлатады. Қудайға уғрас болмаған нәрсени мойынлайық, оны Муқаддес Руўхтың күшинде алып таслайық. Барлық исениўшилер «бул дүньяға уқсас болмаўға, бәлки ақылыңызды жаңалаў арқалы өзгериўге» (2–3-аятлар) үгитленеди. Жаратқан Ийе келгенге шекем өмирдиң ҳәр бир тараўында Қудайдың еркин орынлаўға берилген болайық. Исениўшилер ушын Муқаддес Руўхтың жәрдемине ийе болыў қандай руўхландырыўшы! Ол Қудай ушын, Оның ҳүрмети ҳәм даңқы ушын ажыратылған өмиримиз ушын керек ресурсларды тәмийинлейди.



