Тит китабында Тихикстың және бир мәрте еслетилгенин табамыз. Ҳаўарий Титти жеңиллететуғын еки аға-инини Критке жибериўди ойлап атырғанын жазады, сонда Тит ҳаўарийге келип кете алады. Павлустың Титке жазған хатынан Криттиң Ийеге хызмет етиў ушын аңсат жер емес екенин үйренемиз (1:12–13). Бирақ Тихикс ҳаўарий Павлус сол жерде Ийеге хызмет ете алады деп ойлаған аға-ини еди, себеби ол садық еди. Ийе Ийса бизге ҳәтте қыйын жерде де Өзине хызмет етиўге исене ала ма?
Тихикстың Жаңа Ўасыяттағы соңғы еслетилиўи 2 Тимофейде. Ол бул хатты жазғанда, ҳаўарий түрмеде отырған еди, ҳәм көп өтпей өмиринен айырылатуғын еди. 1-бапта биз Азиядағылардың ҳәммеси – Тихикс сол ўәлаяттан еди (Ҳаўарийлердиң ислери 20:4) – ҳаўарийди таслап кеткенин оқыймыз. Олар христианлықты таслап кетпеген еди, бирақ олар ҳаўарийдиң шіркеўдиң аспанлық шақырығына муўапық жасаў ҳаққындағы тәлиматынан ҳәм үлгисинен айырылған еди (салыстырың Филиппилилерге 4:9). Енди 4-бапта биз Павлустың хызметтеслери ҳаққында қосымша мағлыўматларды оқыймыз. Демaс, бурынғы хызметтеси, оны таслап кеткен еди, себеби ол ҳәзирги дәўирди сүйген еди (10-аят). Кресценс ҳәм Тит екеўи де өз хызмет тараўларына кеткен еди (10-аят). Оның өмириниң сол соңғы саатларында тек Лука оның менен бирге еди. Сосын ол айтады: "Тихиксты Ефеске жибердим". Бул жерде биз Тихикстың ҳаўарийдиң өмириниң ақырына шекемсадық болғанын көремиз. Садық сөзиниң мәнилериниң бири "исениўге болатуғын адам" болып табылады, ҳәм биз бул жерде Павлустың Тихикске "Азиядағылардың ҳәммеси... меннен жүз бурғаннан" кейин де исене алғанын көремиз (2 Тимофей 1:15). Ол ақырына шекем, ҳәтте қыйын ўақытларда да садық болды.
Сиз ҳәм мен ҳаққында не айтамыз? Қыйыншылықларға қарамастан, ақырына шекемсадық боламыз ба? Ол келместен алдынғы бул соңғы күнлерде Ийе Ийса ҳәм аға-инилеримиз исене алатуғын адамлар боламыз ба? Оның даңқы ушын солай болсын!