Аллаҳқа унамлы болған нәрсе — жақсылық қылғаны ушын келген азапты сабырлық пенен көтериў ҳәм "Аллаҳқа қарата ар-намыс" пенен әмел етиў. Тәбиятымыз бойынша биз ушын буннан қыйын нәрсе жоқ. Жақсылық қылғанымыз тек ғана бизге қыйыншылық алып келгенде қандай ашыўланамыз!
Бул мәселеде бизге не жәрдем береди? Еки нәрсе. Бириншиден, Мәсихтиң үлгиси. Екиншиден, Оның гүнаны жуўыўшы қурбанлығы ҳәм оның нәтийжелери.
Ҳеш ким Ходайымыз Ийса сыяқлы жақсылық қылмаған. Ҳеш ким Ол сыяқлы натуўры баҳаланбаған, сөгилмеген ҳәм қуўғынланбаған. Буннан тысқары, Ол гүна қылмаған, Оның аўзында ҳеш қашан алдаў болмаған. Онда ямаса Оның өмиринде Оған ең кишкене жаман сөз айтылыўын ақлайтуғын ҳеш нәрсе жоқ еди. Бирақ ҳеш ким Ол сыяқлы азап чекпеген, ҳәм ҳеш ким азапты буншалық жумсақлық ҳәм кәмиллик пенен қабыл етпеген. Ол Ишаяның сөзин орынлады: "Ол қыйналды ҳәм азапланды, бирақ аўзын ашпады" (Ишая 53:7). Буллардың ҳәммесинде Ол биз ушын үлги болды, себеби биз Оның жолына шақырылғанбыз ҳәм Оның изинен ерисиўимиз керек. Мәсихтиң пүткил даңқлы кәмиллигин ойлаў бизге тәсир етпей қоймайды, ойларымызды ҳәм жолларымызды Оныкына уқсатады. Егер азап шегиўге шақырылсақ, биз де өзимизди өш алыўға урынбастан, әдалатлы ҳүким ететуғын Оған тапсырамыз.
Бирақ сонда да, биз Ол сыяқлы емеспиз, себеби бизде гүналар бар, ал Онда жоқ еди. Сонлықтан, бизге 24-аятта айтылған гүнаны жуўыўшы қурбанлық керек еди. Гүна қылмаған Ол "биздиң гүналарымызды Өз денесинде ағашта көтерди." Бул бизден толық тысқары нәрсе. Биз бул жерде Оның изинен ерисе алмаймыз.





