Адамнан қорқатуғынлар бар. Бул қорқыныш оларды Масихқа келиўден тосады. Олар өз өмирлери, яки абаданлықлары, яки адамлардың көзинде қорланыўдан қорқады. Бирақ Ийемиз Ийса Масих олар ушын өте әҳмийетли хабарға ийе: «Сизлерге кимнен қорқыў керек екенлигин көрсетемен: Өлтиргеннен кейин тозаққа таслаўға күши бардан қорқың; ҳәўа, мен сизлерге айтаман, Одан қорқың!» (Лука 12:5).
Соңынан, Ийе ҳәм Қутқарыўшы Ийса Масихты билетуғын ҳәм «жақсырақ ҳәм турақлы мийрасқа» (Еврейлерге 10:34) ийе болғанлар арасында, айырымлар қайғылар менен гүреседи – ҳәм бул ҳәр биримиз ушын белгили бир ўақытта болыўы мүмкин. Булар ҳәзирги ўақыт, яки келешек, не жеў яки не кийиў ҳаққында, яки өмирдиң басқа да зәрүрликлери ҳаққында болыўы мүмкин. Ийе биз ушын да өте әҳмийетли хабарға ийе: «Сизлерден ким қайғырыў арқалы бойына бир шынтақ қоса алады?» (Лука 12:25). Ҳеш биримиз буны ислей алмаймыз. Онда неге қайғырамыз? «Әкеңиз бул нәрселерге мүтәж екенлигиңизди биледи» (30-аят). Бул өмир өтпели, өте қысқа, тек бир мәўрит ушын, ҳәм биздиң Қудай ҳәм Әкемиз тек ғана бул қысқа мәўритте бизге ғамхорлық етпейди, ал бизге патшалықты бериў Оның жақсы қәлеўи – биз Масих пенен барлық нәрсени мийрас етемиз.
Әмелде, биздиң ақылымызды ийелеўи керек болған тек бир нәрсе бар: «Ийеге мүнәсип түрде жүриўиңиз, Оны толық қуўантырыўыңыз, ҳәр бир жақсы исле жемисли болыўыңыз ҳәм Қудай ҳаққындағы билимде өсиўиңиз ушын» (Кол. 1:10). Егер биз қайғырсақ, оны Ийеге алып келиўимиз ҳәм Оның қолына тапсырыўымыз керек. Ўақыт қысқа ҳәм Ийе жақын. Оның қайтып келиўин күткенде, жүреклеримиз ҳеш қандай қайғы яки қорқыныштан азат болсын ҳәм Оны толық қуўантырыў менен бәнт болсын.




