Христостың тирилиўи — христианлықтың тийкары. Онсыз барлық нәрселер бийкарға исленип, бийкарға исениледи (1 Коринфлилерге 15:12-19). Ҳәммемиз ушын Мухаддес Китаптан Христостың тирилиўинен келип шыққан ҳәр түрли ҳақыйқатлар ҳәм берекетлерди үйрениў пайдалы.
Атап айтқанда, биз 1 Коринфлилерге 15:3-4-те үйренемиз:
- Христостың өлими – Ол биздиң гүналарымыздың жазасын Өз үстине алды.
- Христостың жерлениўи – Ол Қудайға жақпайтуғын гүналарымызды алып таслады, ҳәм енди олар табылмайды (Забур 103:12, Еремия 50:20).
- Христостың тирилиўи – Оның тирилгени Қудайдың Христостың ислерине мақуллығын көрсетеди.
- Солай етип, 17-аятқа келгенимизде, егер Қудай Христостың ислерине қанаатланбаған ҳәм сол себепли Оны тирилтпеген болса, онда биз әли де гүналарымызда болыўымыз керек екенин түсинемиз, себеби Оның өлими ҳәм жерлениўи бийкарға болған болар еди.
Бундай ойдан аўлақ болайық! (Ефеслилерге 1:20-23).






