Ҳүрметли оқыўшы,
«Христос та биз ушын азап шекти, бизге үлги қалдырды, биз Оның изинен жүриўимиз ушын» (1 Петр 2:21). «Ким Онда қаламан десе, Ол жүргендей жүриўи керек» (1 Юхан 2:6).
Қудай менен тынышлыққа ийе болып, мен енди даңққа барар жолымда бул дүньяда жүриўим ушын үлгиге мүтәжмен; ҳәм кеширим ҳәм тынышлыққа ийе болған сол берекетли Инсан мениң үлгим болады.
Оның изинен жүриў
Биз не менен бәнт болсақ, соған бара-бара көбирек уқсап барамыз. Егер биз дүнья менен бәнт болсақ, дүньялық болып қаламыз: егер өзимиз бенен бәнт болсақ, өзимизшил болып қаламыз – бирақ Христос пенен бәнт болсақ, Христосқа уқсас болып қаламыз.
Биз христианлар Ийемиздиң шахсы ҳаққында ойланыў ҳаққында тым аз билемиз. Егер биз Одан тек ғана нәрселер сораў орнына, Ол ҳаққында тыныш ойланыўға көбирек ўақыт сарпласақ. Егер биз Өзимиздиң мәселелеримизде тез арада жәрдем береди деп ойлаған нәрселерди ғана излеў орнына, Ол ҳаққында үйрениў ушын күнделикли Сөзди излесек. Биз «Ийемиз Ийсаны ойлаған сайын», Ол ҳаққында көбирек үйренемиз ҳәм Оны көбирек көрген сайын, Оған көбирек уқсас болып қаламыз.






