Өмир наны
Мухаддес Китап Жаратылыс 1-ден Аян 22-ге шекем Қудайдың Өзиниң сүйгенлери ушын азық-аўқат пенен тәмийинлеўи ҳаққында айтады. Қудай Адамды жаратып, оның ҳаялы Ҳаўаны қәлиплестиргеннен кейин, оларға бата берип, ҳәр түрли азық-аўқат пенен тәмийинледи. Бул молшылыққа тек бир ғана истисна бар еди: олар жақсылық ҳәм жаманлықты билетуғын теректен жеўге рухсат етилмеген еди (2:17).