Сиз қанаатланасыз ба…
… Өзиңизден?
Өз өмириңизге – ҳеш болмағанда өткен жыл даўамында – назар таслаң. Ҳәр бир мәўриттен ҳәм ҳәр бир деталдан толық қанаатланасыз ба?
Сиз өкинетуғын яки өзиңизди айыплы сезинетуғын бир нәрсе ҳаққында ойладыңыз ба яки айттыңыз ба яки иследиңиз бе? Басқаша айтқанда, Сиз толық қанаатланасыз ба?
Биз ҳеш қашан өзлеринен толық қанаатланаман деп ҳадал айта алатуғын адамларды ушыратпадық. Бәлким сиз ойлап атырсыз:
«Мен жақсы ислеп атырман. Мен кәмил емеспен, бирақ қолымнан келгенин ислеп атырман».
Мәселе: Қудай да бизден қанаатланбайды
«Ҳеш ким әдалатлы емес, ҳәтте бир де емес…» — (Римлилерге 3:10)
Қудай биз ислеген ҳеш нәрседен қанаатланбайды:
«Сонлықтан нызамның ислери арқалы ҳеш бир тән Оның көз алдында ақланбайды, себеби нызам арқалы гүнаны билиў келеди». — (Римлилерге 3:20)
Ҳәм одан да қаттырақ:
«Тәнде болғанлар (гүнакар тәбият) Қудайды разы ете алмайды». — (Римлилерге 8:8)
Биздиӊ дилеммамыз үмитсиз — адамлық тил менен айтқанда, әлбетте! … Егер сиз Қудайдыӊ өзиңиз ҳаққындағы ҳүкимин қабыл етиўге таяр болмасаңыз.
Солай етип, сиз бул ҳаққында не ислеп атырсыз?
Сиз ойлап атырсыз:
«Мен онша жаман емеспен. Мен қолымнан келгенин ислеймен; мен өз жолымды төлеймен, шіркеўге бараман ҳәм жақсы өмир сүриўге тырысаман. Сиз буннан артық не күтесиз?»
Сиз қолыңыздан келгенин ислеп атырғаныңыз рас, бирақ ҳәтте ең жақсы жағдайымызда да, биз өз өмиримизден қанаатланбаймыз. Әлбетте әҳмийетлирек сораў: Қудай сизден қанаатланады ма?
Қудай сизден қанаатланады ма?
Егер сиз қанаатланбасаңыз, Ол қалай қанаатлана алады? Оны қанаатландырыў сизден аңсатырақ па? Оның стандартлары сиздикинен төмен бе?
Қудай Өз Сөзинде, Библияда, ҳеш биримизден қанаатланбайтуғынын айтады:
«Ҳеш ким әдалатлы емес, ҳәтте бир де емес… ҳеш ким жақсылық ислемейди, ҳәтте бир де емес… себеби ҳәмме гүна иследи ҳәм Қудайдыӊ даңқынан кем болды». — (Римлилерге 3:10, 12, 23)
Қудай Исадан қанаатланады
Жақсы нийетлерден, ислерден яки Оны тынышландырыў ушын ҳәрекетлериңизден емес, ал Өз Улынан ҳәм Оның сиздиӊ гүналарыңыз ушын өлиминен.
«Себеби Мәсих те гүналар ушын бир мәрте азап шекти, әдалатлы әдалатсызлар ушын, Ол бизди Қудайға алып келиўи ушын». — (1 Петр 3:18)
Ойлап көриң! Қудайдыӊ мәңгилик Улы адам болды, кәмил өмир сүрди, крестке қадалыў арқалы қорқынышлы өлимге ушырады ҳәм өлимнен тирилди – биздиӊ гүна мәселемизди Қудайдыӊ толық қанаатланыўы ушын мәңгиликке шешти.
Иса Мәсихтиӊ өлимнен қайта тирилгени ҳәм ҳәзир Қудайдыӊ оң қолында екенлиги (1 Петр 3:22) Қудайдыӊ Одан ҳәм Оның кресттеги жумысынан қанаатланғаныныӊ дәлийли.
Сиз Исадан қанаатланасыз ба?
Иса Мәсих сиз ушын өлгенде, Ол Қудайды ҳүрметледи, Шайтанды жеңди, гүналар ушын төлем төлеўди тәмийинледи ҳәм өлимниӊ биз үстинен болған күшин сындырды.
«Ийман арқалы ақланған соң, биз Иса Мәсих Раббымыз арқалы Қудай менен тынышлыққа ийемиз». — (Римлилерге 5:1)
Жуўап: Иса қанаатландырады
Қанаатланыў ушын өзиңизге яки басқаларға қараўды тоқтатыңыз. Исаға қараң, Ол Қудайдыӊ гүналарымызға байланыслы әдалатын қанаатландырды.
Оны өз Қутқарыўшыңыз сыпатында қабыл етиң ҳәм Оның сиз ушын өлимине толық сүйениң. Сонда сиз Қудай менен жарасасыз, кеширилесиз, ақланасыз ҳәм мәңгиликке қутыласыз – Ҳәм Қудай сизден қанаатланады!





