Жақсы Хабар– Июнь 2023 –Ырайым ҳәм Ҳақыйқат Журналы
Сен ҳали билмейтуғын Қудай
Биринши әсирде Павлус атлы бир ўағызшы Грециядағы атақлы қала Афинаға барды. Бул қызғын орын еди! Базарда көп адамлар келип-кетип, саяхатларында көрген яки еситкен нәрселерин айтып атырған еди.
Павлус Афинаға саяхат етип атырған дос-яранлары менен ушырасыўды режелестирген еди. Оларды күтип атырғанда, ол қаланы аралап, сөйлесиўлерди тыңлап ҳәм көринислерди көриўге ўақыт тапты. Оның дыққатын әсиресе көп сандағы пүтлер ҳәм ибадатханалар тартты. Олар ҳәр жерде көрингендей еди! Ҳәтте ол «Белгисиз Қудайға» бағышланған қурбанлық орнын да көрди (Ҳаўарыйлар 17:23 NKJV). Афина халқы ҳеш бир қудайды умытып қалдырғысы келмеген, сонлықтан олар ҳали билмеген қудай болса, сол қурбанлық орнында қурбанлық шалған.
Бүгинги дүньямыз Афинаға өте уқсас,солай емес пе? Көп адамлардың Қудай ҳаққында ҳәр түрли исенимлери бар. Ол ким? Ол қандай? Ол бизден не қалайды? Ол ҳаққында сонша көп идеялар болғанлықтан, биз неге исенгенимиз әҳмийетли ме? Бәлким, сиз де усы сыяқлы сораўларды бергенсиз. Бәлким, сиздиң шаңарағыңыз бир белгили Қудайға исенер, яки көп ҳәр түрли қудайларға исенер. Яки бәлким, сиздиң шаңарағыңыз Қудай жоқ деп исенер.
Павлус ушын Қудай ҳаққындағы бул сораўлар жақсы имканият жаратты. Ол Афина халқына ҳали билмейтуғын Қудайға болған исеними ҳаққында айта баслады. Ол бәрин жаратқан уллы Қудай – Мухаддес Китапта бизге аян болған жалғыз ҳақыйқый Қудай. (Павлустың өмириндеги бул ўақыя да Мухаддес Китапта, Ҳаўарыйлар 9, 22, 26-баптарында жазылған.)
Павлус ҳақыйқый Қудайдың барлық күшке ҳәм барлық билимге ийе екенин түсиндирди. Ол жерди жаратып қана қоймай, бизиң жасайтуғын дәўирлеримизди ҳәм орынларымызды да дәл билген. Ең таңқаларлығы сол, Ол биз бенен қатнасықта болғысы келеди. «Ол ҳәр биримизден узақта емес», – деди Павлус, ҳәм егер биз Оған умтылсақ, Ол әлбетте табылады (17:27).
Ең әҳмийетлиси, Павлус қосты, Қудай Ийса Мәсих арқалы танылады. Биздиң гүналарымыз ҳәм қәтелеримиз бизди Қудайдан узақ тутады, бирақ Ийса сол гүналар ушын мухаддес төлем сыпатында Өз қанын төгип өлди. Соңынан Қудай Оны өлимнен тирилтти! Бул Оның төлеминиң қабыл етилгенин дәлеллейди; ҳәм егер биз Оған Қутқарыўшымыз сыпатында исенсек, кеширилемиз. Ийсаның тирилиўи Оны бир күни пүткил дүньяның ҳүкимдары болыўға да ылайық етеди. Егер биз ҳәзир гүналарымызды мойынлап, Ийса Мәсихке Қутқарыўшымыз сыпатында исенбесек, Ол бизди гүналарымыз ушын ҳүким етиўге мәжбүр болады.
Афина халқы Павлустың хабарын еситкенде,айырымлары күлди, ал басқалары бул ҳаққында ойланып көремиз деди. Бирақ айырымлары исенди, ҳәм олар билмейтуғын Қудай олардың Қудайы болды! Сиз де солай етесиз бе? Сиз ҳали билмейтуғын Қудай – уллы Қудай, жалғыз ҳақыйқый Қудай. Ол сизди биледи, сүйеди ҳәм гүналарыңыздан қутылыў ушын Ийса Мәсихке исениўге шақырады. Биз сизге көбирек айта аламыз.