Закхейдиң тарийхы Луканың Инжилинде ғана бар, ҳәм биз оның тек бир мәрте, ақырында сөйлеген сөзин еситемиз (8-аят). Оның имидж мәселеси бар еди: ол бас салық жыйнаўшы, бай ҳәм қысқа бойлы еди (2-3-аятлар). Қоңсылары ушын ол гүнакар еди (7-аят), ҳеш гүмансыз, салық жыйнаўшылар жек көрилген Рим ҳүкимети менен бирге ислескен ҳәм коррупцияға ушыраған деген аты шыққан еди (салыстырың 3:12-13). Бундай жағдайдағы адам өзин жалғыз тутыўға умтылады.
Басқалар Закхей ҳаққында не ойласа да, «Қудай адамларға қарап айырмайды» (Ҳаўарийлердиң ислери 10:34). Егер ол Ийсаны көргиси келсе, Ол оны берекетлеўге таяр еди. Топаласта буны ислеў ушын бойы қысқа болғанлықтан, ол өзин ҳүрмет ететуғын бас салық жыйнаўшы ушын ең әдепсиз жол менен ҳәрекет етти: ол алға жүгирип, терекке шықты. Әлбетте, Қудай басқарып турған еди; Ол Закхейди Ийса менен тек ғана көрисиўин емес, ал ушырасыўын қәледи. Бул Еврейлерге 11:6-ның әжайып мысалы: «Қудайға жақынласқан адам Оның бар екенине ҳәм Оның Өзин излегенлерди сыйлықлаўшы екенине исениўи керек».
Ийса сол жерге келгенде, Ол «жоқарыға қарап оны көрди ҳәм оған: Закхей», – деди (Лука 19:5). Жаратқан Ийе оны алдыннан билген еди, ҳәм енди Ол оны шақырды (Римлилерге 8:29-30). Бирақ Закхей Оны билиўи ушын, ол «асығыс түсиўи керек» еди. Ким болсақ та, биз даңқтан бизди қутқарыў ушын түскен Бир Өзине тез арада бойсыныўымыз керек (Филиппиялыларға 2:5-11). Закхейдиң Ийсаның «Бүгин мен сениң үйиңде қалыўым керек» деген сөзин еситиўи қаншалық әжайып еди; ҳеш ким оған бурын буны айтпаған еди. Ол тезлик пенен бойсынды ҳәм «Оны қуўаныш пенен қабыл етти» (Лука 19:6). Бас салық жыйнаўшы сол күннен баслап Жаратқан Ийени өзиниң баслығы етти. Қоңсылар Ийсаның «гүнакар адам» менен қалатуғынына гүңгирлести. Бул барлығы мәрҳамат еди. Басқалар биз ҳаққында не ойласа да яки биз өзимиз ҳаққында не ойласақ та, биз Қудайдың әжайып қутқарыўына исенгенге шекем ҳәммемиз жоғалғанбыз.





