Бул бийпул!
«Кудайдың саўғасы — Ийса Мәсих Ийемиз арқалы мәңгилик өмир». Римлилерге 6:23
Жанармай қуйыў станциясы Ҳаддерсфилд, Англия жанында бирнеше жыл бурын әдеттен тысқары баҳа менен қайта ашылды. Белгиге қарағанда, төрт жулдызлы бензин бир галлон ушын «ҲЕШ НӘРСЕ» баҳасында бар еди!
Автомобиль айдаўшылары ҳәр дайым арзан нәрселерди излейди. Арзан бензин ҳәр дайым қызықтырады, бирақ ондай белгини көргенде, оған исене алмайсыз ғой, солай емес пе? Бул ҳақыйқатқа уқсамайды.
Көп адамлар: «Я олар жаңа баҳаларды қоймаған, яки гараж әли ашылмаған. Бензинди ҳеш қашан бийпул ала алмайсыз! Ҳеш бир компания шексиз муғдардағы бензинди солай ғана бере ме?» деп ойлап, жолын даўам еткен болыўы керек.
Басқа бир нәрсе бар ол да ҳақыйқатқа уқсамайды. Адамлар оның бийпул екенине исене алмайды. Кудай менен жарасыў ҳәм жәннетке барыў сизге ҳеш нәрсеге түспейди. Кудай шіркеўге барыўды, жақсы ислерди яки ҳеш қандай төлемди сорамайды (Ефесликлерге 2:8-9).
Басқа биреў баҳасын төлеп қойған; сонлықтан ол бийпул. Мухаддес Китап былай дейди:
Кудайдың саўғасы — Ийса Мәсих Ийемиз арқалы мәңгилик өмир (Римлилерге 6:23 NKJV).
Саўға нешеге түседи? Егер сиз оны қабыл етсеңиз – ҳеш нәрсеге. Сиз оны қабыл етиўиңиз керек. Жанармай қуйыў станциясындағы белги ҳақыйқат емес деп ойлап, жолын даўам еткен адамларға уқсамаң. Бул хабар ҳақыйқат.
Ийса Мәсих сиздиң гүналарыңыз ушын өлди ҳәм жерленди. Ол қайта тирилди ҳәм бүгин тири (1 Коринфлилерге 15:3-4). Ол сиздиң гүналарыңыз ушын өлгени ушын, сиздиң кеширилиўиңиз бийпул. Бул барлық жаңалықлардың ең жақсысы. Бүгин оны қабыл етпейсиз бе? Биз сизге қалай етиўди айта аламыз.
— Мартин Жирард






