Июль/Август 2011 –Нығмет ҳәм Ҳақыйқат журналы
СОРАЎ: «Тәкаббырлық ҳәлакаттан алдын келеди» деген нақыл сөздиң адамзаттың гүнаға батыўына қандай қатнасы бар? Достым бул биринши гүнаға тийисли деди.
ЖУЎАП: Мухаддес Китап тәкаббырлық пенен кишипейилликти салыстырады:«Тәкаббырлық ҳәлакаттан алдын келеди, тәкәббир руўх қулаўдан алдын келеди. Кишипейил болып, жәбирленгенлер арасында болыў, тәкәббирлер менен бирге талан-тараж етиўден жақсырақ» (Накыллар 16:18-19 TNIV ). Бул нақыл сөз тәкаббырлықтың айырым артықмашылықлары болса да, ол ҳәлакатқа алып барады дейди. Тәкаббырлықтың ҳәлакатқа алып баратуғын принципи басқа жерлерде де қайталанады (Забур 18:27; Нақыллар 11:2; 15:25; 18:12; 29:23; Исая 13:11; Езекиил 21:26; Матта 23:12; Лука 14:11). Ҳәм Мухаддес Китапта бул нақыл сөздиң бирнеше мысаллары бар.
Тәкаббырлық әлемдеги биринши гүна еди. Тәкаббырлық ҳәм Қудайға уқсаў ушын өзинше умтылыў себепли, Бас периште Люцифер аспаннан қуўып шығарылды (Исая 14:12-17; Езекиил 28:12-18; 1 Тиметейге 3:6). Голиат өзиниң қарсыласы Даўытты тек ғана бала болғаны ушын менсинбеди; бирақ кейин ол Даўыттың салмасынан атылған тас пенен өлтирилди (1 Самуил 17:42-44, 48-50). Ҳаман патша ҳәм патшайым менен бирге тойға шақырылған жалғыз адам болғаны ушын мақтанды, бирақ еки күннен кейин ол өлим жазасына тартылды (Естер 5:12; 7:9-10). Исраилдиң тәкаббырлығы оның Ассириялықлар тәрепинен басып алыныўына себеп болды (Амос 6:8-14). Яҳудий диний басшылары танылыў ҳәм ҳүрмет изледи, бирақ жазаланатуғын еки жүзлилер еди (Матта 23:1-12; Лука 20:45-47). Тәкаббырлық гүнакар ҳәм Қудай тәрепинен жек көриледи (Нақыллар 6:17; 2 Тиметейге 3:2). Биз тәкәббир болмаўымыз керек, өйткени ол Қудайдың сүйиўине сай емес (Римлилерге 12:3,16; 1 Коринфлилерге 13:4).
Енди, Адам ата ҳәм Ҳаўа ананың гүнасы ҳаққында не айтамыз? Олардың биринши гүнасы Қудайдың қадаған етилген теректен жемеў ҳаққындағы арнаўлы буйрығына бойсынбаў еди (Жаратылыс 2:17; 3:6). Олар Қудайды тыңлаў орнына, Одан ғәрезсиз ҳәрекет етти, бул тәкаббырлықтың бир түри. Тәкаббырлық оларды Одан жақсырақ билемиз деп ойлаўға алып келди (Жаратылыс 3:5, 6, 22); олар Шайтанды ҳәм өзлериниң ой-пикирлерин тыңлады. Адамзаттың гүнаға батыўы «Тәкаббырлық ҳәлакаттан алдын келеди» деген ҳақыйқаттың мысалы болып табылады. Нақыллар 16:18 биринши гүнаға арнаўлы түрде тийисли болмаса да, ол заманның басынан бүгинги күнге шекем қолланылатуғын улыўма принципти сүўретлейди.
Жуўап берген: Джордж Ҳоук