Бул аятларды ойлағанымда, мен көбинесе жаздың ортасындағы күнниң ыссылығынан көп адамлар азап шеккенин еслеймен. Бул забурдағы күн ҳәм ай күндиз ҳәм түнде жүз бериўи мүмкин болған қәўиплердиң метафорасы. Аяттың тийкарғы мақсети – Ийениң Өз адамларына, түнде де, күндизде де ғамхорлық етиўи ҳәм қорғаўы.
7 ҳәм 8-аятларда оқыймыз: «Ийе сени барлық жаманлықтан сақлайды; Ол сениң жаныңды сақлайды. Ийе сениң шығыўыңды ҳәм кириўиңди ҳәзирден баслап, ҳәм мәңгиликке сақлайды». Бул аятлар Ийениң Өз адамларына үзликсиз ғамхорлығының толық сүўретин береди. Мен «сақлаў» ҳәм «қорғаў» сөзлери бирдей ойды аңлатады деп есаплайман: биздиң Ийса Ийемиз биз бенен бирге, ҳәм Оның көзи ҳәр ўақытта ҳәм барлық мүмкин болған жағдайларда бизде. Оның бизге болған сүйиспеншилиги ҳәм ғамхорлығы шексиз, ҳәм ол мәңгилик, ҳәм аспанда ямаса жерде ҳеш қандай тосқынлық ямаса күш Оның Өз адамларының жанларына қарап турыўына кедерги бола алмайды. Римлилерге 8:38–39 да оқыймыз: «Өйткени мен исендим, өлим де, өмир де, периштелер де, басшылықлар да… ямаса күшлер де, ҳәзирги нәрселер де, келешектеги нәрселер де… бизди Мәсих Ийса Ийемиздеги Қудайдың сүйиспеншилигинен ажырата алмайды».
Ҳәрдайым еслең, бул турмыстағы жағдайларымыз қандай болмасын – бизди кеселлик қыйнаса да, ямаса тәбийғый апатшылықларға дуўшар болсақ та, ямаса жәмийетлик тәртипсизлик ҳәм ҳәр қандай апатшылықлар болса да, даўылда ямаса күн нурында болса да – биздиң Ийса Ийемиз аяғымызды даңққа апаратуғын жолдан жылжытыўға рухсат бермейди.






