Ийса Мәсих – инсаният тарийхындағы ең уллы муғаллим. Ол бизге Қудай ҳаққындағы ҳақыйқатты ҳәм инсанның келешеги ҳаққында бәрин үйретти. Оның тәлими әпиўайы ҳәм анық болса да, ол уллы, бийлиги бар ҳәм таза еди. Ол мәрҳәмәт ҳәм шәпәәт пенен араласқан абсолют ҳақыйқат сөзлерин сөйледи. Ийса Қудайдың биздиң дуўаларымызды еситиўин үйретти.