Қудайдың шексизлиги
Биз көре алатуғын аспаннан да көп, Биз жүзе алатуғын теңизден де көп. Биз қарай алатуғын қуяштан да көп, Биз өлшей алатуғын жулдызлардан да көп. Биз дем ала алатуғын демнен де көп, Биз еге алатуғын өнимнен де көп. Биз түсине алатуғын мәрхаматтан да көп, Биз биле алатуғын сүйиспеншиликтен де көп.
Автор белгисиз
«Ким Қудайға бир нәрсе берген соң, Қудай оған оны қайтарып береди?»
Әюп 41:11
Даңқлаў
«О, Қудайдың даналығы ҳәм билиминиң байлығының тереңлиги! Оның ҳүкимлери қандай түсиниксиз, ҳәм Оның жоллары қандай табылмаўшы! ...Себеби барлық нәрсе Одан, Оның арқалы ҳәм Оған. Оған мәңги даңқ болсын! Аўмин.»
Римлилерге 11:33,36
«Ким Хожаның ойын билген? Ямаса ким Оның кеңесшиси болған?»
Исая 40:13
