СОРАЎ: Доктрина не?
ЖУЎАП: Мухаддес Китапта «доктрина» деп аўдарылған сөз әдетте дидаскалия болып табылады. Бул тек «үйретилген нәрсе» дегенди аңлатады. Бирақ Мухаддес Китап доктрина ҳаққында көбирек айтады. Доктринаның үш түри, тәлимниң үш түри бар.
Бириншиден, жойыўшы доктрина бар – ол исенимди жоқ етеди, ҳәм шіркеў басшылары оны шешиўи керек (1 Тим. 1:19-20). Бундай доктрина шіркеў исенимниң тийкарғы ҳақыйқатлары деп есаплайтуғын нәрсеге қарама-қарсы келеди. Тийкарғы ҳақыйқатлар шіркеў тәрепинен рәсмий түрде, ҳәм жеке исенимлилер тәрепинен руўхый жетилисиўине қарай рәсмий емес түрде танылады. Исенимге зыянлы тәлим «жалған доктрина» деп аталады. Бул ярлық тек ғана келиспейтуғын тәлим ушын қолланылмаўы керек. Егер кимдур төмендегидей пикир жүргизип, бундай жуўмаққа келсе, бул адастырыўшы болар еди: «Мениң пикиримше, бул Мухаддес Китапқа қайшы, ҳәм сонлықтан, бул «жалған доктрина».
Екиншиден, пайдасыз доктрина бар. Бизге арнаўлы түрде «басқаларды олардың мүтәжликлерине қарай қурыў ушын пайдалы болған нәрсени үйретиўимиз керек, бул тыңлаўшыларға пайда келтирсин» (Ефес. 4:29) деп айтылған. Бул аят тыңлаўшыларға пайдасыз доктрина бар екенин анық көрсетеди. Муғаллимлер ҳәм ўағызшылар өзлерине «Солай етип не?» деген сораўды қойып, олардың айтып атырған нәрсеси тыңлаўшыларға пайдалы екенлигин анықлаўы керек.
Үшиншиден, пайдалы доктрина бар. Мухаддес Китапта «пүткил Жазыў ... үйретиў, әшкерелеў, дүзетиў ҳәм әдалатлылықта тәрбиялаў ушын пайдалы, сонда Қудайдың адамы ҳәр бир жақсы ислер ушын толық таярланған болады» (2 Тим. 3:16-17) деп айтылған. Мухаддес Китап тек ғана билиўден гөре көбирек пайдалы, себеби «билим өзинен-өзи мақтанышқа себеп болады» (1 Кор. 8:1), ҳәм Мухаддес Китап билими буған истисна емес. Бирақ Мухаддес Китап билими бизди ҳәр бир жақсы ислер ушын әшкерелеў, дүзетиў, тәрбиялаў ҳәм таярлаў ушын қолланылғанда пайдалы болады. Доктриналар тек ғана оларды қоллана алсақ ғана қунлы болады!
Биз Раббимиз биздиң қандай адам болыўымызды қәлесе, сол адам болыў орнына, тек ғана доктринаның айырым пунктлери менен бәнт болып қалыўымыз мүмкин – доктринаның мақсети де сол!
Жуўап берген Алан Кросби
