«Бирақ мен усы нәрселердиң ҳеш бирине итибар бермеймен, ҳәм өмиримди қымбат деп есапламайман, тек ғана қуўаныш пенен өз жолымды тамамласам, ҳәм Ийса Мәсихтен алған хызметимди, Қудайдың мәрҳаматы ҳаққындағы Хош Хабарды гүўаландырсам болғаны». (Ҳаўарыйлардың ислери 20:24)
Егер сиз Қудайдың жақсылығын өмириңиздеги азап муғдарына қарап баҳаласаңыз, Оның жақсы емес деген жуўмаққа келесиз. Егер сиз Қудайдың сүйиўин өмириңиздиң қаншалық қыйын екенлигине қарап баҳаласаңыз, Қудай сизди сүймейди деп ойлайсыз. Егер сиз Қудайдың садықлығын қаншалық үмитсизлик ҳәм қайғы менен гүресиўге мәжбүр болғаныңызға қарап баҳаласаңыз, Оның садықлығына гүман етесиз.
Мине, ең тийкарғысы: Сиз азап шегесиз, себеби сиздиң азабыңыз Қудайдың сиз ушын жақсы жобасының тийкарғы бөлеги.
Өмир кереклигинше исленбей атырғандай көринген ўақытлар, қатты үмитсизленген ўақытлар, жоғалтыўды бастан кеширген ўақытлар яки күтилмеген сынақлар есигиңизден кирген ўақытлар Қудайдың жобасының сәтсизлигин көрсетпейди. [...] Өмирдиң усы қыйын сәтлери Қудайдың жобасының сәтсизлиги емес яки Қудайдың жобасына тосқынлық емес; бул сәтлер Оның жобасының бир бөлеги. Олар биздиң өмиримизге Оның даўам етип атырған қутқарыў, өзгериў ҳәм мәрҳамат жеткериў ислериниң қураллары сыпатында қойылған. Олар биздиң өмиримизде, себеби биз хызмет етип атырған Қудай муқаддесликти биздиң бахыт ҳаққындағы ўақтыншалық анықламамыздан артық баҳалайды. Ол бизге ўақтыншалық жағдайлы эмоционаллық жоқарылықты бериў ушын ислеп атырған жоқ; Ол әдеўир жақсырақ нәрсе — мәңги қуўанышты жаратыў ушын ислеп атыр.
Ҳақыйқат сол, Қудай мениң өзимшил кишкене тилеклериме аз ғана садық. Ол өз мәрҳаматы менен маған бахытлы етеди деп ойлаған затлар каталогын жеткерип бериўге келиспеген. Ол мен мүтәжлик деп атаған ҳәр бир нәрсени қанаатландырыўға ўәде бермеген. [...] Жоқ, Ийса менен жүриў үлкен демалыс, жуўапкершилик ҳәм сынақлардан азат өмир емес. Ийса менен жүриў ондай емес, себеби Оның менен болған ҳәзирги өмиримиз барар жер емес (демалыс сыяқлы). Ол демалыс жобалаўшы Ийса емес; Ол биздиң суверен Қутқарыўшы Патшамыз. Солай етип, бул ҳәзирги өмир Қудай тәрепинен мәңгилик үйимиз болатуғын соңғы даңқлы барар жерге таярланыў ўақты болыўы керек. Солай етип, биздиң ҳәзирги өмиримиз жәннет емес. Ҳәзир, Қудай мәрҳамат пенен бизди бул қулаған дүньядағы өмирдиң қыйыншылықлары арқалы Оның ҳәр бир перзентине кепилленген нәрсеге таярлап атыр.
Алынған Таңғы мәрҳаматлар авторы Пол Дэвид Трипп, Copyright © 2014. Crossway, Good News Publishers, Wheaton, IL 60187, www.crossway.org баспа министрлигиниң рухсаты менен қолланылған.
П.Д.Т.
Байланыслы мақалалар
Мийўе бериў – қандай баҳада болса да
Дүньяның өмири ушын өзимизди бериўимиз керек... Мийўе бериў крест көтериўди талап етеди...
Қалдықларға итибар бериң
Бес нанды мыңлаған адамлар ушын мол аўқатқа оңайлық пенен көбейткен Оның «қалдықларды сақлаўға» соншалық итибарлы болғаны таңқаларлық көринеди. Бирақ Ийса бизге үнемли болыўды үйретеди...
Дурыс ойлаўдың әҳмийети
А. П. Гиббс былай дер еди: «Сен өзиңди ким деп ойласаң, сол емессең, бирақ не деп ойласаң – солсаң».
Қайтып келген бидъатшы (1)
Сүйиў исенимди жақсы көреди. Буны ҳәрдайым есте тутайық. Ҳеш ким өзин мүнәсипсизлик сылтаўы менен узақта турып Ийсаны ҳүрметлеп атырғандай сезинбеўи керек...