Жақсы Хабар – Май 2017 – Ырыс ҳәм Ҳақыйқат Журналы
Қудайдың ырысы
Бир кембағал ҳаял ҳаққында гүрриң айтылады, ол барлық есапларын төлей алмаған. Бул ҳаялдың қыйыншылығын еситип, меҳирбан бир мырза оған жәрдем бериў нийети менен оның үйине келди. Бираз ўақыт есикти қағып, жуўап ала алмағаннан кейин, ол ҳаялдың үйде жоқ екенлигин ойлап, кетип қалды.
Сол ҳәптениң ақырында бул ҳаял менен ушырасқанда, ол оған оны көриў ушын үйине кирип шыққанын айтты. «Оҳ,» деди ҳаял, «сол сиз бедиңиз? Кешириң. Мен оны ижара ҳақы ушын келген жер ийеси деп ойладым, ҳәм мен оған қарыз болған пулым жоқ болғанлықтан есикти ашыўдан қорықтым.»
Дал сол кембағал ҳаял өзине жәрдем бергиси келген адамға есигин ашпағандай, бүгинги күнде мыңлаған адамлар Қудайға солай мәмле жасап атыр. Олар Ол жүреклериниң есигин қаққанда, олардан бир нәрсе талап етиў ушын келди деп ойлайды, бирақ қандай қәте!
Ол бериў ушын келеди, сизиң қарызыңызды талап етиў ушын емес. Ол сизи қыйыншылықларыңыздан қутқарыў ҳәм аспанда мәңгилик мийрас бериў ушын келеди. «Адам Улы хызмет етиў ушын емес, ал хызмет етиў ҳәм көплер ушын Өз өмирин төлем етип бериў ушын келди» (Марк 10:45).
«Себеби сизлер Ийемиз Ийса Мәсихтиң ырысын билесизлер, Ол бай болса да, сизлер ушын кембағал болды, сонда сизлер Оның кембағаллығы арқалы бай болыўыңыз ушын» (2 Коринфлилерге 8:9).
«Мине, Мен есик алдында турып, қағаман» (Аян 3:20).
Сиз жүрегиңиздиң есигин ашасыз ба ҳәр бир мүтәжлигиңизде сизге жәрдем бергиси келгенге? Ол дәл қазыр қағып атыр, бирақ қанша ўақыт турып күтеди? Биз сизге қалай етиўди айта аламыз.
Бул трактаттың бир варианты испан тилиндеги #109 трактат сыпатында бар, оны *Ырыс ҳәм Ҳақыйқаттан алса болады.
