*ӨЗ ӘЎЛАДЫҢЫЗҒА ХЫЗМЕТ ЕТИЎ* Ҳақыйқый инсан болыў нени аңлатады
Австралиядағы сиясатшылар жақында «еркеклик кризиси» ҳаққында сөз етти. Мен «ҳақыйқый еркек» болыў нени аңлатады деп ойлағанымда, оның ҳақыйқый ҳаял болыўдан көп айырмашылығы жоқ екенин түсиндим. Ҳақыйқый кризис ҳақыйқый еркек яки ҳақыйқый ҳаял болыўда емес, ал ҳақыйқый инсан болыўда.
Исениўшилер еки пуқаралыққа ийе ҳақыйқый инсанлар; олар жерде жасайды, бирақ аспан олардың ҳақыйқый үйи (Филиппиялыларға 3:20). Олардың Қудайға садықлығы жерде көриниўи керек. Солай етип, ҳақыйқый инсан болыў нени аңлатады? Мен ҳақыйқый инсан өз әўладына кишипейиллик пенен хызмет ететуғын адам деп айтаман (Галатиялыларға 5:13). Төмендеги сораўлар бул хызметти қалай әмелге асырыўға болатуғынын көрсетеди.
Мен өзиме мүтәж болғанларға тәмийнат беременбе? (1 Тиметейге 5:8)
- Мен қорғаўға мүтәж болғанларды қорғайманба? (Лука 10:30-35)
- Мен кеңесимди қәлейтуғынларға даналық пенен кеңес беременбе? (Шығыў 18:19)
- Мен ашыўлыларды ескертип, қорқыўшыларды жубатаманба? (1 Тесалоникалыларға 5:14)
- Мен шаршататуғынларға шыдамлыманба? (Ефеслилерге 4:2)
- Мен жәрдемге, ўақытқа яки пулға мүтәж болғанларға жомартпанба? (2 Коринфлилерге 8:1-7)
- Мен басқаларға жәрдем бериў ушын өз ыңғайымнан ҳәм қолайлығымнан бас тартаманба? (Матта 25:37-40)
- Мен мени ашыўландыратуғынларға жумсақпанба? (Филиппиялыларға 4:5)
- Мен мени менен келиспейтуғынларды ҳүрмет етеменбе? (Римлилерге 14:1-4)
- Мен мени ренжиткенлерди кешиременбе? (Колоселилерге 3:13)
- Мен күшимди күши жоқларға жәрдем бериў ушын қолданаманба? (Ҳаўарийлердиң ислери 20:35)
- Тек ғана Қудай бизге ҳақыйқый үйимизге барыўды күтип атырғанда, Оған ҳақыйқый инсанлар сыпатында садықлық пенен хызмет етиў ушын көринисти, күшти ҳәм руўхландырыўды бере алады.
Авторы белгисиз
