Сен жетерлик жақсысаң ба?

Сэм Хэдли·Teologiya·Apr 25, 2024

461 Sózi
Tártiplew: Jańa
Teologiya
3 Min Oqıw

Хош Хабар– Ақпан 2010 –Ырайым ҳәм Ҳақыйқат Журналы


Сен жетерлик жақсысаң ба?

«Аспанға барыў ушын сен жүдә, жүдә жақсы болыўың керек»,деди жас қыз өзиниң үлкен достына.

«Сен соншалық жақсысаң ба?» деп сорады оның досты.

«Яқ, мен оншалық емес шығарман», деп жуўап берди ол шынын айтып.

2000 жылдан аслам ўақыт алдын, ҳаўарий Павлус: «Менде жақсы ҳеш нәрсе жоқ» (Рим. 7:18 NIV) деди. Мухаддес Китаптың 13 китабын жазған адам соншалық жаман болған ба?

Саған ше? Сен аспанға барыў ушын жетерлик жақсысаң ба? Сен ҳеш қашан өтирик айттың ба, бир нәрсе урладың ба, ата-анаңды тыңламадың ба ямаса биреў ҳаққында жаман сөзлер айттың ба? Егер айтқан болсаң, онда сен де оншалық жақсы емессең.

Ҳақыйқатында, Мухаддес Китапқа бола, ҳеш ким жақсы ислерге тийкарланып аспанға барыў ушын жетерлик жақсы емес. Онда былай делинген: «Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ, ҳәтте бир де жоқ... себеби ҳәмме гүна қылды ҳәм Кудайдың даңқынан айырылды» (Рим. 3:12,23).

Кудай биз жақсы ислер қыла алмаймыз деп айтып атырған жоқ. Бирақ Ол бәршемиз гүна деп аталатуғын жаман ислер қыламыз ҳәм олар бизди аспаннан тысқарыда қалдырады дейди.

Гейбир адамлар ойлайды олар жақсы бир нәрсе қылғанда, бул олар қылған жаман нәрселерди өширеди. Бирақ гүна оншалық аңсат жоқ болып кетпейди. Кудай гүнаны матадағы кир дақ сыпатында суўретлейди – кийимимиздеги бояў сыяқлы – қанша жуўсақ та кетпейтуғын.

Биздиң гүрриңимиздеги жас қыз өзиниң жетерлик жақсы емеслигин түсингенде, ол өзиниң үлкен достына жүдә әҳмийетли сораў берди: «Онда биз аспанға қалай бара аламыз?»

Оның үлкен досты Мухаддес Китапта жуўап бар деди. Онда былай делинген: «Ийса Масихтың, Кудайдың Улының қаны бизди барлық гүнадан тазалайды» (1 Юхан. 1:7). Ийса Өзиниң қанын төкти ҳәм биздиң гүналарымыз ушын өлди, сонда олар жуўылып кетиўи ушын. Бул ҳеш ким қылмаған ең қыйын ис еди.

Сен азап шегиўге разы болармысаң басқа биреў қылған жаман ислер ушын? Мен сыяқлы, сен де, бәлким, «Ҳеш қашан! Олар өз гүналары ушын азап шексин. Олар неге мүнәсип болса, соны алсын» дерсең.

Жақсы хабарды қәлейсең бе? Кудай биз ҳаққымызда ҳеш қашан ондай демейди! Керсинше, Мухаддес Китап бизге былай дейди: «Кудай бизге болған Өзиниң сүйиўин мынада көрсетти: биз әли гүнакар болып турғанымызда, Масих биз ушын өлди» (Рим. 5:8). Ол және бизге былай дейди: «Кудай дүньяны соншалық сүйгенлиги сонша, Ол Өзиниң жалғыз Улын берди, сонда Оған исенген ҳәр бир адам жоқ болмасын, бәлки мәңгилик өмирге ийе болсын» (Юхан. 3:16).

Жас қыз Кудайдың сүйиўи ҳәм аспанға қалай барыў кереклиги ҳаққында еситкенде, ол Кудайға өз гүналарын мойынлады ҳәм Ийсаны өзиниң Қутқарыўшысы болыўын сорады.

Саған ше? Мухаддес Китап бизди ескертеди, егер биз Ийсаға Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз сыпатында исенбесек, биз өз гүналарымызда өлемиз ҳәм тозақта болып қаламыз. Өлиўдиң қандай қорқынышлы жолы! Барыўдың қандай қорқынышлы жери!

Бирақ бундай болыўы шәрт емес. Неге бул жас қыз қылған ислерди қылмасқа? Ҳәм неге оны ҳәзир қылмасқа? Егер сен аспанға қалай барыў кереклиги ҳаққында көбирек мағлыўмат қәлесең,биз саған көбирек айта аламыз.

Хош хабар трактаты сыпатында бар.