1 Юхан 3:12 де бул жағдай бизге, мәсихшилерге, анық ескертиў етип берилген. Филистимлилер Ысҳақтың жердеги байлығына көреалмаўшылық етти, дәл Қабыл Абылдың руўхый байлығына көреалмаўшылық еткениндей. Олардың көреалмаўшылығы жаманлық, яғный басқаларға зыян жеткериў қәлеўи менен көрсетілди.